Қоңырат районында пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм дәрамат алыўына көмеклесиў бойынша жумыслар көзден өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы «Қоңырат» АПЖ аймағында жасаўшы қыйтақ жер ийеси Оразбаев Турғанбай, өз брендине ийе «СарбиРамазан» биогумус ислеп шығарыў фирмасы ийеси «Санаат» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Дәўлетияров Байрамбай сондай-ақ, пал ҳәррешилик пенен шуғылланып атырған Джуманиязов Мансурдың жумыслары менен танысты.
Қыйтақ жерлериндеги өним алыў бойынша шөлкемлестирилген жумыслар көзден өткерилип, аз ғана жерди жоқары дәрамат дерегине айландырыўға қаратылған бүндай тәжирийбелер көпшиликке үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.
«Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы шеңберинде жеңиллетилген кредит алып, өз үйинде мебель ислеп шығарыўды жолға қойған Бегзад Ашировтың жумыслары барып көрилди. Исбилерменлигин кеңейтиў бойынша усыныслар берилип, исбилерменлер барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.



«Кийет» АПЖ аймағында «O‘zsanoatqurilishbank» тарепинен «Бир контур бир өним» өлшеми тийкарында 15 гектар жер майданында әмелге асырылып атырған жойбар көрип шығылды. Бириктирилген пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бойынша бул баслама толық әмелге асырыўда барлық илажларды көриў бойынша тапсырмалар берилди. 
Жоқарғы Кенес Баслығы «Алмазар» МПЖ аймағындағы социаллық үй турғынлары менен де ушырасты. Олардың машқалаларын тыңлап, жуўапкерлерге көтерилген мәселелерге тез пурсатта унамлы шешим табыў бойынша анық тапсырмалар берилди.
