Қоңырат районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикалық ҳәм районлық мәкеме-шөлкемлер жуўапкерлери қатнасыўында Қоңырат районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң ПҚ-132-санлы қарары менен Қоңырат районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар кең түрде сөз етилди.
Буннан соң районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды. 
Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген. Буның ушын қаржылық дереклери ҳәм имканиятлар да жаратылған.
Бирақ, айырым орынларда мәкеме-шөлкем басшылары ҳәм жуўапкерлер, сондай-ақ, мәҳәлле белсендилери тәрепинен кемшиликлерге жол қойылмақта.

Атап айтқанда, мәҳәллелердеги жумыслардың әмелде орынланыўы, берилген есабатларда қосып жазыўларға жол қойылғанлығы, абаданластырыў, пукаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында илажлардың талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды. Жуўапкерлер ескертилип, айырымларына интизамий жаза шарасын қоллаў бойынша тапсырмалар берилди.