Қарақалпақстан делегациясы әмелий сапар менен Бирлескен Араб Әмирликлерине барды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Президентимиздиң тапсырмасы менен Бирлескен Араб Әмирликлерине барды.
Сапар шеңберинде дәслеп «2 Point Zero» компаниясы атқарыўшы директоры Марям АлМхеири менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда дәслеп ҳүрметли Президентимиз ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери басшылары тәрепинен жолға қойылған ҳәм барған сайын беккемленип баратырған дослық ҳәм жақын шериклик байланыслары ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалы, экономикалық көрсеткишлери, перспективалы халықаралық жойбарларды әмелге асырыў бойынша жаратылған шараятлар ҳаққында тоқталып өтилди.

Онда компанияның финанслық хызметлер, жасалма интеллект технологиялары, әҳмийетли ресурслар, санлы трансформация ҳәм басқа да жөнелислердеги тәжирийбелер ҳаққында атап өтилип, бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы бар болған кәнлерде биргеликте геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм экологиялық қәўипсиз өзлестириў, еки мәмлекет университетлери ҳәм илимий мәкемелери менен биргеликте қоспа изертлеў орайлары ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларын шөлкемлестириў, республикамыздың туризм тараўында еле ашылмаған имканиятлардан пайдаланыў мәселелери талқыланды.
Буннан соң «Burjeel holdings» ҳәм «Life Pharma» компаниялары ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди.
Жетекши интеграцияласқан мәмлекетлик емес медициналық хызмет көрсетиўши компаниялардан бири болған «Burjeel holdings» ўәкиллери менен сөйлесиўлерде медициналық жәрдем тараўында қәнигелерди таярлаў, диагностика, профилактика, денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў, жергиликли шыпакерлердиң билим-көнликпелерин арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў мәселелери талқыланды.

Буннан тысқары, Қарақалпақстандағы ҳаяллар арасында көкирек бези рагы кеселлигин ерте басқышта анықлаў мақсетинде мобиль маммография үскенелери жеткерип бериў ҳәм жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелер менен тәмийинлеў бойынша келисип алынды.
Атап өтиў орынлы, Нөкис қаласында Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Халифа Бин Зайед Ал Наҳаян» фонды тǝрепинен 28 миллион доллар донорлық қаржылары тийкарында «Ана ҳǝм бала» клиникасы қурылып атырған болып, сөйлесиўлерде бул клиника пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, «Burjeel holdings» компаниясы басқарыўына алыў бойынша келисимлерге ерисилди.

«Life Pharma» компаниясы ўәкиллери менен фармацевтика тараўын раўажландырыў, Қарақалпақстанда өсетуғын, халықаралық дәрежеде жоқары эспортқа ийе дәрилик өсимликлердиң бири болған боян тамырды қайта ислеў бойынша биргеликте жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисип алынды.
Өткерилген ушырасыўларда бир қатар пайдалы келисимлерге ерисилди, әҳмийетли шәртнамаларға қол қойылды. Бирге ислесиў бойынша перспективалы жойбарлар кең түрде додаланды. Бирлескен Араб Әмирликлерине болған әмелий сапар даўам етеди.
