Қарақалпақстан делегациясының БАӘне сапары шеңберинде әҳмийетли келисимлерге ерисилди

Бирлескен Араб Әмирликлеринде әмелий сапар менен болып турған Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Әмирликтиң бир қатар ири компаниялары ўәкиллери менен ушырасты.
Дәслеп Миллий метеорология орайы Бас директоры Абдулла Ахмед Аль-Мандус пенен ушырасыўда метеорологиялық ҳәм климатлық бақлаўлар базасын жаратыў, Аралбойы аймағының қурғақшылық климаты шараятында жаўын-шашынды модификациялаў технологияларын енгизиў бойынша мәселелер талқыланды. Сөйлесиў нәтийжелери бойынша «Жол картасы» ислеп шығылыўы ҳәм Миллий метеорология орайы жуўапкерлериниң Өзбекстан, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасына сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Буннан соң «Tatweer Holding» компаниясы басшылары менен ушырасыў өткерилип, онда блокчейн жойбарларын әмелге асырыў, жоқары тезликтеги интернет ҳәм дата орайларына ийе технопарклерди ҳәм блокчейн технологиялары бойынша оқыў орайларын шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Күн даўамында «Халифа Бин Зайед Ал Наҳаян» фонды басшылары менен ушырасыў өткерилди. Сөйлесиўлер даўамында Нөкис қаласында қурылып атырған «Аналар ҳәм балалар орайы»н иске қосыўды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды. Ушырасыў нәтийжелери бойынша тийисли жуўапкерлер менен биргеликте әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша «Жол картасы» ислеп шығылып, жуўапкерлер белгилеп алынды.
Абу-Даби (ADFD) раўажланыў фондының басшылары менен ушырасыўда Қарақалпақстанда қоспа технопарклер, оқыў орайларын ашыў, жол қурылысы, экологиялық жағдай, суў тәмийнатын жақсылаў, аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўде қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Сондай-ақ, регионның ең үлкен аўыр машқаласы Арал теңизиниң Батыс бөлимин сақлап қалыў мәселелери додаланды.
«ADQ» компаниясы менен ушырасыўда санаат әҳмийетине ийе болған пайдалы қазылмалардың перспективалы аймақларын биргеликте өзлестириў ҳәм тараўға инвестицияларды тартыў мәселелери додаланды. Абу-Даби саўда-санаат палатасы басшылары менен де узақ мүддетли тиккелей инвестицияларды тартыў ҳәм комплексли жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
«ADNOC Gas» басшылары менен өткерилген сөйлесиўлер даўамында газды қайта ислеў ҳәм суйылтырылған тәбийғый газ ислеп шығарыў тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды. 
Өткерилген ушырасыўларда атап өтилген илажлар шеңберинде жумысларды жеделлестириў бойынша режелер белгилеп алынды.