Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясының Әмирликлерге сапары даўам етпекте

Бирлескен Араб Әмирликлеринде сапарда болып турған Қарақалпақстан делегациясы ENOC (Emirates National Oil Company) Бас атқарыўшы директоры Саиф Ал Фаласи менен ушырасты.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң итибары менен республикамызда инвестиция орталығын жақсылаў, исбилерменлерге қолайлықлар жаратыў бойынша жаратылған имканиятлар, Қарақалпақстанның экономикалық, транспорт-логистика ҳәм ресурс потенциалы ҳаққында кең түрде атап өтти.

Ушырасыўда компания менен мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында бирге ислесиўди жолға қойыў, стационар ҳәм мобиль түрде электростанциялар қурыў ҳәм оларды Elink санлы системасына байланыстырыў арқалы орайлық басқарыўды жолға қойыў, сервис хызметлерин шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Буннан соң, 50 ден артық мәмлекетте жумыс алып барып атырған Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) басшылары менен ушасыў өткерилди.
Онда Орайдың суўды үнемлеўши технологиялар, шорланған жерлерди тиклеў, агротехникалық инновациялар, санластырылған дийқаншылық ҳәм ыссыхана шешимлери тараўындағы жумыслары және генетикалық изертлеўлер, жас қәнигелер таярлаў сыяқлы жумыс бағдарлары бойынша пикирлесилди.

Сондай-ақ, ICBA менен биргеликте Қарақалпақстанда қоспа илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў, соның менен бирге, шорланыўға қарсы гүресиў бойынша халықаралық грантларды тартыў имканиятлары кеңнен додаланды.
Сапар даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Envirol компаниясы ўәкиллери менен ушырасты.

Онда компанияның шығындыларды қайта ислеў, санлы технологияларды ен жайдырыў ҳәм басқа да жөнелислерде тәжирийбеге ийе екенлиги атап өтилип, Қарақалпақстанда мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында канализация системаларын модернизациялаў, санаат жойбарлары үстинде бирге ислесиў бойынша пикирлесилди. 
Ушырасыўлар даўамында Қарақалпақстан делегациясы ҳәм халықаралық шериклер арасында, соның шинде БАӘниң Bell Engineering Software Technologists ҳәм FAMESA Chemical FZE (Owned by CADEX Group), Bell Engineering Software Technologists ҳәм Amsterdam Clinic, Bell Engineering Software Technologists and PetroSole Oil Field Services компаниялары менен улыўма баҳасы 660 млн. доллар болған келисимлерге қол қойыў мәресими өткерилди.