Бирлескен Араб Әмирликлерине сапар шеңберинде әҳмийетли келисимлерге қол қойылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Рас-аль-Хайма Әмири Шайх Сауд бин Сакр Ал Қосимий менен ушырасты.
Онда Қарақалпақстанның жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы ҳәм экономикалық потенциялы, өзине тән географиялық жайласыўы, туризм, аўыл хожалығы ҳәм санаат тараўындағы имканиятлары атап өтилди. Өзбекстан, соның ишинде Қарақалпақстанның аўыл хожалығы өнимлерине айрықша қызығыўшылық билдирилип, Қарақалпақстанда бул өнимлерди жетистириў ҳәм жеткерип бериў бойынша турақлы бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери талқыланды.

Буннан соң, дүнья жүзи бойынша ири керамика ҳәм сантехника өнимлерин ислеп шығарыўшылардан бири есапланған RAK Ceramics компаниясы басшылары менен ушырасыў өткерилди.
Дәслеп компания павильонында ислеп шығарылып атырған өнимлер - керамикалық плиткалар, санфаянс, мозаика, интерьер ҳәм экстерьер ушын шешимлер, шийки заттан таяр өнимлерге шекемги толық коммерциялық линия көрип шығылды. Сондай-ақ, локализацияластырылған керамикалық өнимлер ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў мәселелери талқыланды.

Сапар шеңберинде «ASR RENT A CAR» компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерилип, биргеликте жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Компания ўәкиллери менен Қарақалпақстан Республикасында 43 млн. долларлық инвестиция қаржылары тийкарында Моноблоклар ислеп шығарыў жойбарын ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди ҳәм шәртнамаға қол қойылды.

Улыўма ашық ҳәм конструктивлик руўхта өткерилген ушырасыўларда тәреплер өз-ара бирге ислесиў, имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, әҳмийетли жойбарлар үстинде шериклик мүнәсибетлерин орнатыў бойынша келисип алды. 20 ға жақын сырт ел компаниялары менен 100 млн. долларлық экспорт бойынша шәртнамаларға қол қойыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Қарақалпақстан Республикасы делегациясының Бирлескен Араб Әмирликлерине сапары жуўмақланды.