Жасыл климат фондының атқарыўшы директоры менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Халықаралық Жасыл климат фондының атқарыўшы директоры Мафалда Дуарте менен ушырасты.
Атап өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясының Корея мәмлекетине сапары даўамында фонд пенен жақын шерикликти орнатыў ҳәм бирге ислесиў бойынша келисип алынып, фонд ўәкиллери Қарақалпақстанға мирәт етилген еди. Бүгинги өткерилген ушырасыў мине усы орнатылған қатнасықларды беккемлеў бағдарындағы әҳмийетли адымлардың бири есапланады.
Өткерилген ушырасыўда соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Аралбойы регионын раўажландырыў, аймақтағы экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў, пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде сөз етилди.

Сондай-ақ, Аралбойы регионында халықтың жасаў шәраятын жақсылаў, экологиялық тәсирлерди жумсартыў мақсетинде халықаралық донор шөлкемлериниң грант қаржыларын тартыў, регионда экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша бирге ислесиўшилердиң тәжирийбеси тийкарында инновациялық шешимлерди табыў мәселелери ҳаққында сөз барды. 
Өз нәўбетинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын республика басшыларына миннетдаршылығын билдирди ҳәм бирге ислесиўди еле де кеңейтиў, бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, грант қаржыларын тартыў бойынша өз-ара байланысларды еле де беккемлеў бағдарында пикирлерин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Жоқарғы Кеңес Баслығы бирге ислесиўди еле де кеңейтиў бағдарында барқулла пикирлесиўге таяр екенлиги ҳәм ҳәр қандай басламалар қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.
