Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси IТ тараўында оқыўды қәлеўшилер ушын 10 грант орынларын ажыратады
258

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм IТ Парк Қарақалпақстанлы жасларды қоллап қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан көлеминде жәрияланған 21- school мектеби таңлаўынан табыслы өткен 10 жасқа Самарқанд ўәлаятында жасаў ҳәм оқыўды толық қаплаўшы грант қаржылары ажыратылады.
Бул баслама республикамыздағы қәбилетли жаслардың IТ көнликпелерин раўажландырыў ҳәм санлы технологиялар тараўында бәсекиге шыдамлы кадрларды жетилистирип шығарыўға қаратылған.
Таңлаўда қатнасыў ушын дизимнен өтиў 28-майға шекем даўам етеди.
Арза жибериў ушын силтеме: 21-school.uz
IT тараўында маман кадр болып жетилисип шығыўды мақсет еткен ҳәм умтылыўшаң талабанларды бул имканияттан пайдаланып, келешекке қәдем қойыўға шақырамыз.