Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Тахтакөпир районын раўажландырыў мәселелери талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районының социаллық-экономикалық раўажланыўы мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда дәслеп әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениўлер нәтийжелери, райондағы инвестициялық жойбарлар, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың шаңарақларында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Сондай-ақ, абаданластырыў жумыслары ҳәм экономикалық көрсеткишлер терең талқыланып, жолларды оңлаў, социаллық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары бойынша бар болған машқалалар ҳәм оларды шешиў мәселелери талқыланды. 
Мәҳәллелерде пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, үй шараятында өзин-өзи бәнт етиўине жақыннан жәрдем бериў, киши исбилерменлик субъектлери жумысларын жолға қойыў,жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў сыяқлы әҳмийетли жумыслар сын көз-қарастан көрип шығылды.
Мәжилис даўамында Жоқарғы Кеңес баслығы тәрепинен атап ɵтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли шөлкем ҳәм жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп алынды. 
Мәжилисте өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ушын Тахтакөпир районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары-экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы ийелеп турған лаўазымынан босатылды. Сондай-ақ, айырым басшылар ҳәм жуўапкерлерге интизамий жаза шарасын қоллаў, өз ўазыйпасына немқурайлық пенен қарағанлардың лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.