Белбеўли гүрес бойынша Жәҳән ҳәм Азия чемпионаты беллесиўлериниң ашылыў салтанаты өткерилди

Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж) спорттың Белбеўли гүрес түринен Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын жас өспирим ер балалар ҳәм қызлар арасында Жәҳән ҳәм Азия чемпионаты беллесиўлериниң ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи.
Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген спорт жарыслары баслап жиберилди.

Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия спорт түрлери менен бир қатарда миллий спорт түрлерин де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр.
Әлбетте, усындай жарыслардың өткерилиўи елимизде белбеўли гүрес спорт түрин және де ғалабаластырыўда ҳәм халықаралық беллесиўлер жеңимпазларын жетилистирип шығарыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Өткерилген илаж даўамында өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар қатарынан орын алған бир қатар жасларға медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.





