Беруний районында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар барып көрилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районында болып, халықтың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў багдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Тоқымашы» МПЖ аймағында жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар қуылысы менен танысты. Атап өтиў керек, быйылғы жылда 7 ҳәм 5 қабатлы улыўма 24 көп қабатлы жай қурылыўы белгиленген болып, қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң 812 квартира пайдаланыўға тапсырылады.

Буннан соң, Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген 129-санлы пәрманы менен тиккелей жер алып, халыққа хызмет көрсетиў орнын қурып атырған «Шох Аббос Мирзо» ЖШЖ жумыслары, сондай-ақ, район орайындағы Төрткүл көшесинде әмелге асырылып атырған реконструкция жумыслары барып көрилди. Жуўапкерлерге қурылыс жумысларын сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў бойынша анық тапсырмалар берилди.
Беруний районлар аралық Перинатал орайында санластырыў бойынша алып барылған жумыслар көзден өткерилди. Пуқараларға сапалы хызмет көрсетиў бағдарындағы жумыслар үйренилди.
«Тоқымашы» мәҳәллесиндеги «Олтин саодат асри» ЖШЖ кәрханасында қурылыс ҳәм хожалық өнимлерин ислеп шығарыў жумыслары көзден өткерилди. Президентимиз тәрепинен берилген жеңилликлер тийкарында исбилермен хызмет түрлерин кеңейтип, ысытыў қазанларын, қурылыс-пардозлаў өнимлери, заманагөй есиклер ислеп шығарыў сыяқлы жаңа бағдарлар бойынша халыққа хызмет етпекте. Өз нәўбетинде, жуўапкерлерге исбилерменниң өз жумысын еле де кеңейтиўи ушын барлық жәрдемлерди бериў бойынша тапсырмалар берилди.
Районда әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў барысында Жоқарғы Кеңес Баслығы үй алдындағы қыйтақ жеринде жылына бир неше жүз миллион сум дәрамат алыўды жолға қойған Умар Машарипов, жүзимшилик, картошка жетистириў ҳәм бағшылықтың сырларын терең меңгерген Машариб Аитовтың шаңарағында болды. «Бостан» мәҳәллесиниң тәжирийбеси Қарақалпақстан бойынша ен жайдырылғаны, бул тәжирийбени еле де көпшилик хожалықлар ҳәм мәҳәллелерге жеткериў керек екенлиги атап өтилди.
Тоғай хожалығы жер майданлары көзден өткерилди. Гүзги терек егиўге жерлерди ҳәм нәллери таярлаў, жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Президентимиздиң қарары менен жасларға 30 жылға берилген жер майданлары, атап айтқанда «Сарайкөл» ҳәм «Туран» мәҳәллелери аймағындағы «Бир контур бир өним» өлшеми тийкарында егилген жерлер барып көрилди. Ҳәзирги ўақытта қаўын-ғарбыз ҳәм басқа да палыз өнимлери егилип, тез арада мол зүрәәт алыныўы күтилмекте.

фермер хожалығында шөлкемлестирилген жумыслар менен де танысты. Экспортбап мийўелер, атап айтқанда, алма, ерик, жүзим сыяқлы мийўели тереклер егилген майданлар бүгин мийўеге кирген. Ыссыханасында да мол өним алынбақта.
Беруний районындағы дийқаншылық, бағшылық, қыйтақ жерден мол дәрамат алыў бойынша бай тәжирийбе барлық қала ҳәм районларымызда усындай үлги тийкарында шөлкемлестирилсе, көпшиликтиң жоқары дәрамат алыўына, жумыс орынлары жаратылып, халықтың абадан турмысы арттырылыўына ерисилетуғынлығы айрықша тилге алынды.



