Әзиз ҳәм қәдирли балалар, ҳүрметли ата-аналар!
Әзиз ҳәм қәдирли балалар, ҳүрметли ата-аналар!
Сизлерди бүгинги "1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни" мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Балалар өмиримиздиң даўамшылары, келешегимиз ийелери. Оларды қәстерлеў, наўқыран әўлад етип камалға келтириў ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир ата-ананың әдиўли миннети.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, жетик инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Бала күлкисинде әлем қуўанышы жәмленген. Олардың бахытлы турмысын тәмийинлеўимиз керек.
Қәдирли Ўатанласлар, әзиз балалар!
Сизлерди бүгинги байрам мүнәсибети менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлаймыз. Сизлер мəмлекетимиз, елимиздиң келешегисиз. Барқулла жолыңыз ашық, жүзиңиз жарық болсын.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы