Мойнаққа алып барыўшы автомобиль жолында оңлаў жумыслары алып барылмақта
258

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен жол-транспорт инфраструктурасын және де раўажландырыў, ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы жол шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Қоңырат ҳәм Мойнақ районын байланыстырыўшы Д231 (4Р173) "Қоңырат - Мойнақ" автомобиль жолының 51 - 52-км аралығында оңлаў жумыслары алып барылып, жаңадан асфальт қапламасы төселип атыр.