Шымбай районында жаңа бақша пайдаланыўға тапсырылды
329

Шымбай районы "Оржап" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 150 орынлық 17-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси пайдаланыўға тапсырылды.
Объект Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмасы тийкарында 6,2 миллиард сум қаржы есабынан қурылған.

Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов қатнасып, өсип киятырған әўладқа ғамхорлық етиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екени, мектепке шекемги билимлендириў ушын бундай заманагөй шараятларды жаратыў аймақты турақлы раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдем екенин атап өтти.
Буннан соң мийманлар шөлкемниң инфраструктурасы, балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын жаратылған шараятлар менен танысты.