Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Хожели районындағы шаңарақлық балалар үйлериндеги балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Хожели районындағы шаңарақлық балалар үйлеринде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, жетик инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Бунда «Ҳәр бир бала меҳир ҳәм итибарға ылайық» деген ийгиликли идея тийкарында барлық балаларға итибар қаратылып атыр.
Өз нәўбетинде жаратылып атырған бундай шараятлар перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме билимли, озық ойлы болып камалға келиўинде беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.
