Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ үшинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
2025-жылдың 11-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ үшинши сессиясы өткерилди.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен елимиздиң барлық тараўларында тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанлығын атап өтти.
Усы тарийхый ўақыялардың бири сыпатында жақында Орайлық Азия регионында биринши мәрте өз ишине 181 миллий парламент ҳәм 15 регионаллық аўқамды бирлестирген Парламентлер аралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы өткерилди. Онда Президентимиз бул Ассамбля Өзбекстанның басламасы менен “Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети” темасында өткерилип атырғанына айрықша итибар қаратты.
Елимизде быйылғы жылдың «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылы» деп жәрияланғаны Аралбойы регионы ушын оғада әҳмийетли болып табылады. Жақында Самарқанд қаласында болып өткен Халықаралық климат форумында ҳүрметли Президентимиз кең жәмийетшиликтиң итибарын және бир мәрте Арал апатшылығына қаратқаны ҳәм бир қатар басламаларды илгери сүргени, сондай-ақ, Нөкис қаласында өткерилген биринши халықаралық «Арал мәденияты саммити»нде Арал теңизиниң экологиялық машқаласы, халқымыз тәғдири ҳәм елимиз келешеги менен байланыслы оғада әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынғаны елимиз турмысындағы тарийхый ўақыялар қатарына киреди.
Буннан тысқары, Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде соңғы жыллары бир қатар халықаралық илажлар Қарақалпақстанда өткерилип атырғаны халқымыздың бай мәдениятын, туризм потенциалын дүнья кең жәмийетшилигине танытыўда, шет ел инвесторларын регионымызға тартып, ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў қуўатлылықларын кеңейтиўде, жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли орын тутпақта.
Сессияда Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар тийкарында усындай кең имканиятлар жаратылып берилип атырғанлығын атап өтти.
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Қарақалпақстан Республикасының «Жер ҳаққындағы» Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығы А.Жуманазаров баянат жасады.
Нызам жойбары менен «Жер ҳаққындағы» Нызамның бир қатар статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи Қарақалпақстан Республикасына инвестицияларды және де кеңнен тартыў ҳәм аймағымыздың социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине Парламентлик сораў жибериў туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы М.Атамуратов баянат жасады.
Онда онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, сырт ел компанияларының дәрилерин тийкарсыз буйырыў жағдайларына шек қойыў, тараўда бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы унамсыз жағдайларға алып келетуғын себеп ҳәм шараятлар, олардың ақыбетлери бойынша анализленген жумыслар ҳәм басқа да мәселелер кең түрде сөз етилди.
Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - Аўыл хожалығы министри Ш.Тешаев баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Буннан соң күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиевтиң мәлимлемеси тыңланды.
Бул мәселеде толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы тәрепинен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Орайлық банктиң Қарақалпақстан Бас басқармасы баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Бас басқарма баслығы А.Исаков баянат жасады.
Бүгинги күнде, Қарақалпақстан Республикасы аймағында 13 коммерциялық банклери ҳәмде олардың қала ҳәм районларда 89 дан артық банк хызметлерин көрсетиў орайлары ҳәмде мини банклери тәрепинен халыққа заманагөй банк хызметлери көрсетилип келинбекте.
Банклердиң турақлы ресурс базасын беккемлеў илажлары нәтийжесинде 2025-жыл 1-январь жағдайына халықтың ҳәм де хожалық жүргизиўши субъектлердиң банклердеги депозитлер көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 33,7 пайызға көбейди.
Нақ пулсыз есап-китаплар системасын жәнеде раўажландырыў барысында көрилип атырған ис-илажлар нәтийжесинде айланысқа шығарылған пластик карточкалар саны 2 млн. 550 мың данаға ҳәмде саўда ҳәм пуллық хызмет көрсетиў шақапшаларына орнатылған төлем терминаллары саны 21 мың 696 данаға жетти.
Сондай-ақ, Президентимиздиң қарар ҳәм пәрманлары тийкарында көп қабатлы үй-жай, массивлер қурылысы, ипотека кредитлери, мәмлекетлик бағдарламалар, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша банк кредитлери ажыратылыўы тәмийинленген. Машқалалы кредит қарыздарлықларды қысқарттырыў бойынша да илажлар алып барылмақта.
Гезектеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының аймақларда орынланыўы бойынша Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша басқарма баслығы С.Турманов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.