«Жас қутқарыўшы» әскерий-спорт жарысының республикалық басқышында еки командамыз жеңимпазлар қатарынан орын алды
Бухара ўәлаятында улыўма билим бериў мектеплери ҳәм кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери арасында дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Жас қутқарыўшы» кеўиллилер әскерий-спорт жарысларының республикалық басқышы өткерилди.
Билимлендириў мәкемелери оқыўшылары арасында өткерилип атырған «Жас қутқарыўшы» жарысының усы жылғы республикалық басқышында барлық аймақлардан улыўма билим бериў мектеплери ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң 300 ге шамалас оқыўшы-жаслары қатнасты.
Онда профессионал билимлендириў мәкемелери арасында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Нөкис қаласы 1-санлы политехникумының «Жайҳун» командасы барлық бағдарлар бойынша теңсиз деп табылды ҳәм сыйлы биринши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплери арасында өткерилген беллесиўлерде Беруний районы 54-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Мададкор» командасы сыйлы 2-орынды ийелеп, күшли үшликтен орын алды.