Жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумыслары қызғын даўам етпекте
2024-жыл 29-октябрь күни Мойнаққа жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумысларына старт берилген еди.
Жаңа суў линиясы 5 мың куб метр суў жеткериў ҳәм 1300 ден зыят хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятына ийе.
Жойбар Азия раўажланыў банки есабынан қаржыландырылып, баҳасы 8,21 млн.доллардан ибарат.
Жойбар тийкарында Мойнақ районы «Қызылжар» АПЖның Әлий аўылы, «Ҳәким ата» АПЖның Дослық аўылы, «Мәдели» АПЖның Шеге аўылы, «Бозатаў» АПЖның Әмиўдәрья, Қыпшақдәрья, Таллық аўыллары, «Үшсай» АПЖның Үшсай, Тоқпақ ата аўылларына ҳәм район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларына «Түйе мойын» суў сақлағышынан ишимлик суўы жетип барады.
Ҳәзирги ўақытта жумыслар Мойнақ районының бәрше аўыл пуқаралар жыйынларында ҳәм район орайында даўам еттирилмекте.