Шымбай районында халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар көзден өткерилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлер ҳәм пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Шахтемир» МПЖдағы мебель ислеп шығарыўды жолға қойған «PRIME MAXIMUS» ЖШЖ кәрханасы, қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы «ShAXTEMIR PIK STROY» шаңарақлық кәрханасы ҳәм «UBAYDULLA UBEK» ЖШЖ кәраналары жумысларын барып көрди.
«Темир жол гүзары» МПЖ аймағында өз үйинде миллий қара үй дәскелерин ислеўди жолға қойған Азат Колбайбанов шаңарағында шөлкемлестирилген жумыслар да көзден өткерилди. Жуўапкерлерге исбилерменлердиң өз жумысын кеңейтиўи ҳәм раўажландырыўы ушын барлық жәрдемлерди көрсетиў, Президентимиз тәрепинен берилген айрықша жеңилликлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша тапсырмалар берилди.
Жоқарғы Кенес Баслығы «Гүлистан » МПЖдағы гүлшиликти жолға қойған Мавлуда Алимбетова сондай-ақ, балық жетистириўди жолға қойған «Темир жол гүзары» турғыны Турғанбай Ережепов шаңарақларында болды. Қыйтақ жерди дәрамат дерегине айландырыў бойынша жолға қойылған жумысларды еле де кең түрде даўам еттириў керек екенлиги атап өтилди.
Буннан соң «Тазғара» МПЖда жаслар менен ушырасыў өткерилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бағдарында ажыратылған жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў керек екенлиги, буның ушын барлық жәрдемлер берилетуғынлығы атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы усы мәҳәлле аймағындағы 52-санлы шаңарақлық поликлиникада санластырыў бойынша алып барылған жумыслар менен жақыннан танысты. Жумыс процесслерин көзден өткерип, еле де әмелге асырыўы тийис ўазыйпалар бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.