Жоқарғы Кеңес Баслығы Елликқала районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Зарбдор» тәжирийбеси бойынша Ақшакөл бойында улыўма 73,4 млрд. сум қаржы тийкарында әмелге асырылып атырған рекреацион зонаны шөлкемлестириў жойбарын барып көрди. Жойбар иске түсиўи менен 75 жумыс орны жаратылады.
Буннан соң ишимлик суўларын ислеп шығарып атырған «GOLD NEO BOSTON» ЖШЖ, «Шопан» мәҳәллесиндеги «MUSLIMBEK PAYPOQLARI» шаңарақлық кәрханасы, «Сарабий» мәҳәллесиндеги мебель, темир өнимлерин ислеп шығарыўшы «GRACEFUL MEBEL» кәрханасы, «Қирққизобод» АПЖдағы балалар ойыншықларын ислеп шығарыўшы «KUMUSH MUNISA» жеке меншик кәрханасы жумыслары менен танысылды. Исбилерменлердиң өз жумысларын еле де кеңейтиўи ушын барлық жәрдемлерди көрсетиў, оларды барқулла қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Соның менен бирге райондағы «BO‘STON SILK» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылып атырған пиллешилик бойынша жойбар көзден өткерилди. Атап өтиў керек, 2025-жыл бәҳәрги пиллешилик мәўсиминде 254 фермер хожалығы ҳәм 973 жумысты үйде бөлип алып ислеўшилер менен пилле жетистириў бойынша шәртнамалар дүзилген. Мәўсим жуўмағында 202,2 тонна пилле тапсырылды ҳәм реже 100,1 процентке республикамызда бириншилерден болып орынланды. Жоқарғы Кенес Баслығы пиллешилик бойынша Елликқала тәжирийбесин барлық районларда кеңнен ен жайдырыў керек екенлигин атап өтти.
Президентимиздиң қарары менен жасларға берилген жер майданлары, атап айтқанда «Думанқала» МПЖдағы «Бир контур бир өним» өлшеми тийкарында егилген жерлер барып көрилди. Ҳәзирги ўақытта қаўын-ғарбыз ҳәм басқа да палыз өнимлери егилип, тез арада мол зүрәәт алыныўы күтилмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Сарабий» МПЖдағы 63-санлы шаңарақлық поликлиникадағы санластырыў жумыслары, сондай-ақ, аралықтан хызмет көрсетиўши «ELLIKQAL’A BPO» орайындағы тил үйретиў ҳәм IT курслары, IT хызметлерин усыныў жумысларын көзден өткерди. Санластырыў ҳәм информация технологияларының турмысымызда әҳмийети артып баратырғанлығы айрықша тилге алынды.
Буннан соң «Сайхунабад» тәжирийбеси тийкарында «Пахташы» мәҳәллесиндеги Жуманиязов Худоёр ҳәм Розметов Анвардың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша жумыслары көзден өткерилди. Елликқалалыларға тән мийнеткешлик ҳәм азғана жерден мол зүрәәт алыў тәжирийбеси көпке үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.