Елликқала районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикалық ҳәм районлық мәкеме-шөлкемлер жуўапкерлери қатнасыўында Елликқала районын раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.
Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша Президентимиз тарепинен барлық мүмкиншиликлер жаратып берилген. Бирақ, айырым орынларда мәкеме-шөлкем басшылары ҳәм жуўапкерлер, сондай-ақ, мәҳәлле белсендилери тәрепинен кемшиликлерге жол қойылмақта.
Атап айтқанда, мәҳәллелердеги жумыслардың әмелде орынланыўы, абаданластырыў, пукаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы илажлардың талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды. Жуўапкерлер ескертилип, айырымларына интизамий жаза шарасын қоллаў бойынша тапсырмалар берилди.