Бийдай орымы алдынан көргизбели семинар өткерилди
Бүгин Беруний районында усы жылғы бийдай орымына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мол зүрәәт жетистириўде алып барылып атырған әмелий илажлары ушын өз миннетдаршылығын ҳәм бийдайдан бийик қырман жаратылыўына тилеклеслик билдирди.
Семинарда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, барлық район ҳәкимлери, тараў жуўапкерлери қатнасты.
Илаж алдынан жасы үлкенлер тәрепинен дийқанларымыздың алдында турған машақатлы ҳәм жуўапкершиликли ислеринде күш-қуўат, елимизде молшылық, дастурханымыз толы болыўын тилеп, қуран оқылды.
Семинарда даўам ететуғын орым-жыйын мапазында әмелге асырылатуғын жумыслар кеңнен түсиндирилди.
Атап өтиў орынлы, быйылғы жыл дийқан ҳәм фермерлеримиз ушын “Ғәлле жылы” болды, десек қәтелеспеймиз. Себеби, көп жыллық тәжирийбеден белгили бәҳәр айларында жаўын-шашын муғдарының көп болыўы ҳәмде ғәлле өсип раўажланыўы ушын ҳаўа-райының оптимал келиўи – зүрәәттиң мол болыўына унамлы тәсир көрсетеди.
Жетистирилген бийдайды қысқа мүддетлерде шөлкемлескенлик пенен орып-жыйнап алыў бойынша талап етилетуғын қаржылардың есап-китаплары ислеп шығылған. Орым-жыйым жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде отрядлар дүзилип, оларға арнаўлы машина-механизмлер, техника ҳәм агрегатлар бириктирилди. Жанылғы май материаллары қоры жаратылды.