Жоқарғы Кеңес Баслығы мәнзил колониядағы жаслар менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Қоңырат районындағы мәнзил колониялардың биринде жаза мүддетин өтеп атырған жаслар менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кенес Баслығы елимизде жасларға қаратылып атырған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғаны, усы тийкарда олардың өз қабилетин жүзеге шығарыўы, терең билим ийелеўи, озық ойлы ҳәм ана Ўатанымызға садық хызмет ететуғын пидайы инсанлар болып камалға келиўине шараятлар жаратылғанлығын атап өтти.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң мың-мыңлап жаслары қатарында турмыс жолларында азғана адасып, бүгинги күнде мәнзил колонияларында мүддетин өтеп атырған жаслар да итибардан шетте қалмайтуғынлығы, олардың тез арада жәмийетке араласып, өз орнын табыўы ушын жақыннан жәрдем берилетуғынлығы айрықша тилге алынды.
Өз нәўбетинде, өткерилген ушырасыўда жаслар да бул орында бос ўақытларынан үнемли пайдаланып, кәсип-өнер ийелеўге болған қызығыўшылықлары ҳәм өзлериниң тилек-өтинишлерин билдирди.

Ушырасыўда барлық көтерилген мәселелер белгилеп алынып, тез пурсатта әмелий илажларды көриў бойынша жўапкерлерге тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, жаслардың IT тараўын ҳәм шет тиллерин үйрениўи ушын Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен арнаўлы компьютерлер ҳәм китаплар тапсырылды.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы мәнзил колонияда жаслардың бос ўақытларынан үнемли пайдаланыўы ушын жумыс алып барып атырған кәсипке бағдарлаў орынлары менен жақыннан танысты.
Жаслардың пайдалы жумыс пенен шуғылланыўы, илим ҳәм өнер үйрениўи ушын еледе көбирек имканиятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.


