Елимиздиң Швеция ҳәм Полша мәмлекетлериндеги елшилери менен ушырасыў шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев елимиздиң Швециядағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Раҳматулла Нуримбетов ҳәм елимиздиң Полъшадағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Амирсаид Аъзамхўжаевлар менен ушырасты.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Аралбойын социаллық-экономикалық раўажландырыў, экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, аймаққа сырт ел инвесторларын тартыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, сырт елли шериклер менен биргеликтеги жойбарларды табыслы әмелге асырыў ҳәм елимиздиң миллий мәплерин беккемлеўде сырт мәмлекетлердеги елшилердиң орны оғада шексиз. Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары Қарақалпақстанға келип атыр. Өз гезегинде орынларда шөлкемлестирилип атырған сөйлесиўлер ҳәр тәреплеме пайдалы болып, аймақты раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Өткерилген ушырасыўда мәмлекетимиздиң сырт мәмлекетлердеги елшилери шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, келешекте Аралбойы регионын буннан былай да раўажландырыў, сырт мәмлекетлер менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, инвесторларды тартыў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.