Жоқарғы Кеңес Баслығы Қоңырат районындағы жаслар менен жақыннан пикирлести
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың «Жаслар айлығы» шеңберинде Қоңырат районындағы белсенди жаслар менен ушырасыўы өткерилди.
Ушырасыў шеңберинде дәслеп, бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткерилди. Ярмаркада 44 мәкеме-шөлкемлер 154 бос жумыс орынлары менен қатнасты. Онда бир қатар жаслар жумыс орынларына жайластырылған болса, және бир топар ҳаял-қызларға қайта кәсипке бағдарлаў бойынша жолламалар берилди. Буннан соң IT тараўы қәнигелери тәрепинен тараўды раўажландырыў, IT хызметлерин усыныўды жолға қойыў, азғана қунт етиў арқалы мол дәрамат алыўды жолға қойыў сондай-ақ, Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен жаслардың исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм түрли жойбарлар үстинде ислеўинде грант қаржыларын кеңнен тартыў бойынша презентациялар, мағлыўматлар усынылды. Буннан тысқары, Президентимиздиң тапсырмасы менен жаслар банки сыпатында жәрияланған Алоқа банктиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, Миллий банкттың жуўапкер қәнигеси тәрепинен жаслардың исбилерменлигин жолға қойыў ҳәм бар болған жойбарларды кеңейтиў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.
Ушырасыўда дәслеп республикамыз басшысы елимизде жасларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў мəселеси мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғаны, ҳүрметли Президентимиздиң жасларға деген жоқары исеними, айрықша итибары ҳəм аталарша ғамхорлығы нəтийжесинде олар ушын барлық имканиятлар жаратылып атырғанлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Айтып өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди, заманагөй билимлендириў мəкемелери ашылды, исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилди. Билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўлардағы жасларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып атыр. Әсиресе, Президентимиздиң 213-санлы тарийхый пәрманы менен жоқары оқыў орынларында қарақалпақстанлы жаслар ушын өз алдына қосымша квоталар ажыратылып атырғаны жасларымыз ушын жаңа имканиятлар есигин ашып бермекте. Әлбетте, жасларымыз ушын берилип атырған бундай мүмкиншиликлерди еле де даўам еттире бериўге болады.
Өз нәўбетинде, қоңыратлы жаслар бундай итибар ушын ҳүрметли Президентимизге айрықша миннетдаршылығын билдирди.
Өткерилген ушырасыў даўамында жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, усыныслары тыңланды. Атап айтқанда, жаслар тәрепинен район аймағында заманагөй китапхана қурыў, исбилерменлигин раўаландырыў, параспорт пенен шуғылланыў ушын қосымша имканиятлар жаратыў, Баркамал әўлад балалар мектебинде лаборатория ҳәм IT курсларын шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көтерилди.
Өз нәўбетинде ҳәр бир баслама ҳәм усыныс Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп алынды ҳәм тез арада турмысқа енгизиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырма берилди.
Буннан соң бир топар жаслар белсендилиги ҳәм теңлеслери арасында айрықша жетискенликлерге ерисип, көпшиликке үлги болып атырғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен сыйлықланды.
Өткерилген ушырасыў шын мәнисинде Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм жаслардың туўрыдан-туўры пикирлесиў майданына айланды ҳәм бундай ушырасыўлар республикамыздың барлық қала-районларында даўам еттириледи.
Ушырасыўдан кейин, Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасындағы халық қабыллаўханасы, Жоқарғы Кеңестиң жуўапкерлери ҳәм тараў басшылары қатнасыўында жаслардың машқалаларына тыңлаў мақсетинде қабыллаў өткерилип, шешимин табыў илажлары көрилди.