Қарақалпақстанның раўажланыўы ҳәм регион экономикасын беккемлеў және бул аўыр, бирақ, оғада сулыў аймақта жасап атырған ҳәр бир инсанның турмыс сапасын жақсылаў - мәмлекетимиздиң тийкарғы мақсетлеринен бири.
270
IV Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңбериндеги бүгинги сессияда өткен бир жыл даўамында көплеген сөйлесиўлер алып барғанымыз, анық бағдарламаларды иске қосқанымыз ҳәм оларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржы ажыратқанымызды атап өттим. "Boston Consulting Group" компаниясы менен биргеликте Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегияны ислеп шықтық.
Қарақалпақстанға киргизилип атырған инвестициялар жаңа жумыс орынларын жаратыўы, жергиликли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўы, жаслардың келешегин және де жақсылаўы керек.
Инвесторларды аймаққа келип, республиканың үлкен потенциалын өз көзлери менен көриўге ҳәм кең имканиятлар көлемин баҳалаўға мирәт етемен!