Нөкис қаласында халықаралық инвестиция форумы өткерилди
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен усы жылдың 10-12-июнь күнлери мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында «Ташкент халықаралық инвестиция форумы» болып өткен еди. Форум шеңберинде өткерилген сессияда Президентимиздиң жәрдемшиси Саида Мирзиёева инвесторларды Қарақалпақстан аймағына келип, республиканың үлкен потенциалын өз көзлери менен көриўге ҳәм кең имканиятлар көлемин баҳалаўға мирәт етти.
Бүгин усы форумның даўамы сыпатында Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалын таныстырыўға арналған халықаралық инвестиция форумы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Илажда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Өткерилген форумда республикамыздың инвестициялық тартымлығы, жаңа жойбарларларды әмелге асырыў бойынша бар болған имканиятлар, ресурслар потенциалы ҳәм басқа да әҳмийетли жөнелислер ҳаққында сөз етилди.
Комплекс аймағындағы арнаўлы павильонда Қарақалпақстанда ислеп шығарылған өнимлер көргизбеси жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Форум имканиятларды додалаў, исбилерменлик байланысларын орнатыў ҳəм биргеликтеги жайбарларды əмелге асырыў ушын өзине тəн майданға айланды.
Буннан соң мийманлар «QORAQALPOQ BASALTWOOL» кәрханасы, сондай-ақ, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, республикамыздың санаат, туризм бағдарларындағы имканиятлары менен танысты.