Төрткүл районы белсенди жаслары менен ушырасыў өткерилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Төрткүл районындағы белсенди жаслар менен ушырасты.
Ушырасыў шеңберинде дәслеп, бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткерилди. Буннан соң IT тараўы қәнигелери тәрепинен тараўды раўажландырыў, IT хызметлерин усыныўды жолға қойыў, азғана қунт етиў арқалы мол дәрамат алыўды жолға қойыў сондай-ақ, Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен жаслардың исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм түрли жойбарлар үстинде ислеўинде грант қаржыларын кеңнен тартыў бойынша презентациялар, мағлыўматлар усынылды.
Буннан тысқары, Президентимиздиң тапсырмасы менен жаслар банки сыпатында жәрияланған Алоқа банктиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Миллий банкттың жуўапкерлери тәрепинен жаслардың исбилерменлигин жолға қойыў ҳәм бар болған жойбарларды кеңейтиў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.
Ушырасыўда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде жасларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў мəселеси мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғаны, ҳүрметли Президентимиздиң жасларға деген жоқары исеними, айрықша итибары ҳəм аталарша ғамхорлығы нəтийжесинде олар ушын барлық имканиятлар жаратылып атырғанлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Айтып өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди, заманагөй билимлендириў мəкемелери ашылды, исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилди. Билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўлардағы жасларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып атыр.
Ушырасыўда жаслар бундай жоқары итибар ҳәм жаратып берилип атырған имканиятлар ушын ҳүрметли Президентимизге айрықша миннетдаршылығын билдирди.
Өткерилген ушырасыў даўамында жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, усыныслары тыңланды. Онда бир қатар әҳмийетли басламалар ҳәм мәселелер көтерилди.
Өз нәўбетинде ҳәр бир баслама ҳәм усыныс Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп алынды ҳәм тез арада турмысқа енгизиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырма берилди.
Буннан соң бир топар жаслар белсендилиги ҳәм теңлеслери арасында айрықша жетискенликлерге ерисип, көпшиликке үлги болып атырғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен сыйлықланды.