Әмиўдәрьялы жаслардың пикир-усыныслары тыңланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда жаслар менен ушырасып, олардың тилек-өтинишлери, баслама ҳәм машқалаларын тыңлап атыр. Усындай гезектеги ушырасыў Әмиўдәрья районында өткерилди.
Ушырасыўдан алдын бос жумыс орынлары ярмаркасы болып өтти. Буннан соң IT тараўы, Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими, коммерциялық банклер басшылары тәрепинен семинарлар шөлкемлестирилип, жаслардың исбилерменлигин жолға қойыў, олардың өз басламаларын әмелге асырыўы бағдарында мағлыўматлар берилди.
Өткерилген ушырасыўда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен жасларға жаратылған имканиятлар ҳақкында кең түрде атап өтти. Соның менен бирге, усындай имканиятлардан орынлы пайдаланып, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслар саны артып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.
Өз нәўбетинде, жаслар мәмлекетимиз басшысының бундай жоқары исеними ҳәм жасларға көрсетип атырған аталарша ғамхорлығы ушын терең миннетдаршылығын билдирди.
Өткерилген ушырасыў даўамында жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, усыныслары тыңланды. Онда бир қатар әҳмийетли басламалар ҳәм мәселелер көтерилди.Өз нәўбетинде ҳәр бир баслама ҳәм усыныс Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп алынды ҳәм тез арада турмысқа енгизиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырма берилди.
Буннан соң бир топар жаслар белсендилиги ҳәм теңлеслери арасында айрықша жетискенликлерге ерисип, көпшиликке үлги болып атырғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен сыйлықланды.