Әмиўдәрья районында жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көзден өткерилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халыктың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Дәслеп, «Алмазар» мәҳәллесинде «Султон Кумуш» ЖШЖ тәрепинен ашылыў мәресими өткерилип атырған «Балалар ойын майданшасы» жойбары көзден өткерилди. Буннан соң, ҳәр биринде 10 жумыс орны жаратылған «Botir-Xonqa» ЖШЖ ҳәм «Al Kafil Biznes Plast» ЖШЖ кәрханаларының пластмасса ыдысларын ислеп шығарыў жойбарлары, 2 млрд. сумлық қаржылар есабынан 20 жумыс орны жаратылыўына ерисилген «Ravshanbek-Yulduzxon» жеке кәрханасының кондитер, нан өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм сүтти қайта ислеў, «Жайхун моторс» ЖШЖниң мотороллер ислеп шығарыў жойбарлары көрип шығылды. Жаңа жумыс орнын жаратқан ҳәр бир исбилермен барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы, олардың өз жумысын еле де кеңейтиўи ушын барлық жәрдемлер берилетуғынлығы атап өтилди.
«Уйшин» мәҳәллесинде «Жамолиддин Жайхун» ЖШЖ тәрепинен 1 млрд. сум қаржы тийкарында жаңадан иске түсирилген балықшылық жойбары, сондай-ақ, «Қорақалпоқ маҳсулотлари» ЖШЖ тәрепинен 1,3 млрд. сум қаржы тийкарында иске түсирилген қусшылықты жолға қойыў жойбары көзден өткерилди. Халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бағдарындағы бундай басламаларды көбейтиўде буннан былай да жанкүйерлик пенен ислеў керек екенлиги бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
«Дўстлик» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурылып атырған «Жаңа Өзбекстан» массивиндеги көп қабатлы үйлер қурылысы да көзден өткерилди. Атап өтиў керек, 2024-2025-жылларда улыўма 18,5 гектар жер майданында 26 көп қабатлы үйлер қурылыўы белгиленген. Ҳәзирги ўақытта жумыслар даўам еттирилмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы қурылыс жумысларын сапалы етип, өз ўақтында жуўмағына жеткериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмаларды берди.