Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Әмиўдәрья районын раўажландырыў мәселелери талқыланды
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районының социаллық-экономикалық раўажланыўы мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда дәслеп быйылғы орым-жыйыны мапазын табыслы жуўмақлап, республикамызда бириншилерден болып режени орынлаған район ғәллекешлери, бир топар мийнет алдынғыларын Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалары менен хошаметлеў мәресими өткерилди.
Буннан соң күн тәртибиндеги мәселелерге арналған мәжилис болып өтти. Онда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениўлер нәтийжелери, райондағы инвестициялық жойбарлар, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың шаңарақларында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Сондай-ақ, абаданластырыў жумыслары ҳәм экономикалық көрсеткишлер талқыланып, жолларды оңлаў, социаллық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары бойынша бар болған машқалалар ҳәм оларды шешиў мәселелери көрип шығылды.
Мәжилисте тийкарынан халықтың турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы барысы сыяқлы әҳмийетли жумыслар сын көз-қарастан көрип шығылды.
Мәжилис даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен атап ɵтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли шөлкем ҳәм жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп берилди.