Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы белсенди жаслар менен жақыннан пикирлести
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Нөкис қаласындағы белсенди жаслар менен ушырасты.
Ушырасыў шеңберинде дәслеп, IT тараўы қәнигелери тәрепинен тараўды раўажландырыў, IT хызметлерин усыныўды жолға қойыў, азғана қунт етиў арқалы мол дәрамат алыўды жолға қойыў сондай-ақ, Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими, коммерцияық банклер тәрепинен жаслардың исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм түрли жойбарлар үстинде ислеўи бойынша презентациялар, мағлыўматлар усынылды.
Буннан соң өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен жасларға жаратылған имканиятлар ҳақкында кең түрде атап өтти. Соның менен бирге, усындай имканиятлардан орынлы пайдаланып, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслар саны артып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.
Өз нәўбетинде, жаслар мәмлекетимиз басшысының бундай жоқары исеними ҳәм жасларға көрсетип атырған аталарша ғамхорлығы ушын терең миннетдаршылығын билдирди.
Өткерилген ушырасыў даўамында жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, усыныслары тыңланды. Онда бир қатар әҳмийетли басламалар ҳәм мәселелер көтерилди.Өз нәўбетинде ҳәр бир баслама ҳәм усыныс Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп алынды.
Буннан соң бир топар жаслар белсендилиги ҳәм теңлеслери арасында айрықша жетискенликлерге ерисип, көпшиликке үлги болып атырғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен сыйлықланды.