Питкериўши жасларға салтанатлы түрде медаллар тапсырылды
Бүгин Қарақалпақстан көркем-өнер сарайында республикамыздағы мектеплерде барлық пәнлерден айрықша баҳаларда оқып, жуўмақлаўшы имтиханларды табыслы тапсырған питкериўши жасларымызға алтын ҳәм гүмис медалларын тапсырыўға арналған салтанатлы иләж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық питкериўши жасларды қолға киргизген табыслары менен қутлықлады.
Бүгинги күнде жасларды илимли-билимли, физикалық жақтан саламат инсанлар етип тәрбиялаў ҳәм камалға келтириў – мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған. Сонлықтанда, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға ҳәм оларды мүнәсип хошаметлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Өз нәўбетинде, көрсетилип атырған бундай итибар нәтийжесинде олар арасынан көплеген қабилетли ҳәм елимиз байрағын дүньяға танытатуғын жаслар жетилисип шығып атыр.
Салтанатлы иләж даўамында питкериўшилерге арналған медаллар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тапсырылды.
Илаж даўамында көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.