Қарақалпақстан - "Eco Expo Central Asia 2025" жетекшиси
Жуўмақланған "Eco Expo Central Asia 2025" халықаралық экологиялық технологиялар көргизбесинде Қарақалпақстан өз потенциалын исеним менен көрсетип, биринши орынды қолға киргизди ҳәм турақлы раўажланыў ҳәм экологиялық инновациялар тараўында жетекшилерден бири сыпатында тән алынды.
19-21-июнь күнлери Ташкентте болып өткен көргизбеде Орайлық Азия ҳәм дүньяның түрли мәмлекетлеринен 200 ден аслам қатнасыўшы қатнасты.
Көргизбе жуўмағында төрешилер қурамы Қарақалпақстанның миллий ҳәм халықаралық экологиялық күн тәртибин әмелге асырыўға қосқан үлесин, сондай-ақ, илимий жетискенликлер, мәмлекетлик сиясат ҳәм жергиликли басламаларды табыслы үйлестириўди жоқары баҳалады. Республикамыз "Eco Expo Central Asia 2025" қатнасыўшылары арасында улыўма рейтингте биринши орынды ийеледи.