Қарақалпақстан «Eco Expo Central Asia 2025» халықаралық көргизбесинде 1-орынды ийеледи
311
19-21-июнь күнлери Ташкенттеги САЕХ көргизбелер орайында өткерилген «Eco Expo Central Asia 2025» халықаралық көргизбесине Қарақалпақстан Республикасы да өзиниң арнаўлы стенди менен қатнасты.
Стендте Аралбойындағы тиклениў жумыслары, қайта тиклениўши энергия дәреклери, инновациялық шешимлер ҳәм халықаралық бирге ислесиў имканиятлары кеңнен сәўлелендирилди. Макетлер, видеоматериаллар, аквапон системасы, тири сексеўиллер ҳәм тәбийғый суў ҳәм топырақ үлгилери арқалы аймақтың экосистемасы усынылды.
Көргизбе жуўмағына бола, Қарақалпақстан стенди ең мазмунлы деп табылып, 1-орынды қолға киргизди. Бул болса экологиялық турақлылық тараўындағы жумыслардың халықаралық дәрежеде тән алынғанын тастыйықлайды.