Халықаралық автомобиль жолында реконструкция жумыслары даўам етпекте
Республикамыз аймағынан өтиўши халықаралық автомобиль жолының өткериўшеңлигин арттырыў бағдарында Президентимиздиң қарар ҳәм пәрманлары тийкарында басқышпа-басқыш реконструкция жумыслары алып барылмақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 24-декабрь күнги «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў иләжлары ҳаққында»ғы 454-санлы қарары тийкарында А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 698-723-км аралығын реконструкциялаў белгиленген еди. Қурылыс жумыслары үшын 2025-жылға 71.2 млрд. сумлық қаржы ажыратылған болып, автомобиль жолының усы аймағына асфальтобетон қапламасын төсеў режелестирилген.
Ҳәзирги ўақытта 708-710-км аралығында асфальт төсеў жумыслары әмелге асырылып атыр.
Атап өтиў орынлы, усы автомобиль жолының 673-698 км аралығын цементобетон қапламаға өткериў бойынша да жумыслар даўам етпекте.