Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни кең түрде белгиленди

Бүгин Қарақалпақстан көркем-өнер сарайында «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги байрам мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәлимлеме ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараў пидайыларын мүнәсип хошаметлеў, халыққа қалыс ҳәм исенимли мәлимлемелерди жеткериў, барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысында жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды, әсиресе «Инсан қәдири ушын» идеясы астында исленип атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў, халқымыздың турмысында ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды үйрениў, оларға унамлы шешим табыў жолында тараў хызметкерлери тәрепинен алып барылып атырған дөретиўшилик мийнет жоқары баҳаланады.
Дөретиўшилердиң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўы хызметкерлерине «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атақлары, «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, өзлериниң юбилей сәнелерин белгилеп атырған газета-журналлар редакцияларына компьютерлер, бир топар тараў хызметкерлерине ҳәм блогерлерге Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Өткерилген байрам салтанаты мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.





