Жасларға бағышланған күн кең түрде белгиленбекте
Бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз жаслары менен ушырасыўы өткерилди. Онда мәмлекетимиздиң барлық регионларынан, соның ишинде Қарақалпақстаннан видеобайланыс арқалы жаслар қатнасты.
Өткерилген ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, барлық жасларды бүгинги қутлы әййям - Жаслар күни менен қызғын қутлықлады ҳәм шығып сөйледи. Онда сондай-ақ, илим, технология, мәденият, көркем өнер, спорт, исбилерменлик ҳәм басқа да тараўларда заманласларына өрнек болып атырған бир топар жасларға ҳүрметли Президентимиз тәрепинен сыйлықлар тапсырылды.
Ушырасыў жуўмақланғаннан соң көп миллети халқымыздың дослық символына айланған Нөкис қаласындағы Қара үйде өз жөнелислери бойынша жоқары нәтийжелерге ерисип атырған бир топар жасларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм көрсетилип атырған аталарша ғамхорлығы ҳаққында кең түрде атап өтти.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен бир топар белсенди жасларғы «Ўатан пидайысы» ҳәм «Үмит ушқыны» көкирек белгилери тапсырылды.