Өзбекстан жаслары –жаңа тарийх жарататуғын алтын әўлад

30-июнь күни мәмлекетимизде Жаслар күни кеңнен белгиленди. Тийкарғы байрам илажлары Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында болып өтти.
Өзбекстан жасларын қутлықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын бул жерге Президент Шавкат Мирзиёев келди.
Конгресс орайына киреберисте жаслардың түрли тараўлардағы жойбарлары, ойлап табыўлары ҳәм жетискенликлери таныстырылды. Мәселен, “Жас инноваторлар” көргизбесинде инженерлик, санлы технологиялар, жасалма интеллект, ушыўшысыз қурылмалар көрсетилген. “Жасыл” басламалар” майданшасында экология, альтернатив энергетика, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларға байланыслы қолланбалар көрсетилген. “Креатив жойбарлар” бөлиминен өнерментшилик, дизайн, сүўретлеў өнери, видео ҳәм продюсерлик жумысындағы жетискенликлер орын алған. “Жаслар исбилерменлиги ҳәм стартаплар” майданшасында бул бағдардағы табыслы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилген.
Соның ишинде, ташкентли Рустам Ҳамдамовтың “Billz” программасы киши ҳәм орта бизнести автоматластырыўға жәрдем береди. Ҳәзирге шекем бул жойбарға Уллы Британия, Сингапур, Түркия исбилерменлери 6 миллион 600 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизген.
Қарақалпақстанлы жас фермер Шерзод Ниязимбетов органикалық помидорлар жетистирип, қуяшта кептирип, қадақлап, Италия ҳәм Франция сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етпекте. Оның кәрханасында 200 ге шамалас хызметкер жумыс ислемекте.
Өзбекстан Президентиниң 2019-жылдағы қарары менен шөлкемлестирилген Жаслар академиясы бүгинги күнде 7 мыңнан аслам жас илимпазларды бирлестирген. Көргизбеде олар ушын кең орын ажыратылған. Ташкентли Сайфулло Қодиров егислик майданларын санлы карталастырыў ҳәм жоқарыдан дәри себиў имканиятын беретуғын дронлар ислеген.
Илимпазлар арасында “Санлы әўлад қызлары” таңлаўының жеңимпазлары көп екенлиги де дыққатқа ылайық. Хорезмли Лобар Абдуллаева онкологиялық кеселликлерге жасалма интеллект арқалы диагноз қойыўға мөлшерленген “AI Scan” программасын ислеп шыққан. Қарақалпақстанлы Қумара Сагидуллаева қуяш энергиясында жүретуғын киши трактор, ташкентли Абдуллоҳ Жамолиддинов бағды автомат суўғарыў системасын ойлап тапқан.
Мәмлекетимиз басшысы бул презентациялар менен танысып, олардың интакерлери менен сөйлести.
– Жасларымыздың ҳәр бир табысы биз ушын күш-қүдирет, мәмлекетимиз келешегине таяныш. Бүгин перзентлеримиз заманагөй бағдарларды ийелеп, бираз илгерилеп кетпекте. Оларды қоллап-қуўатласақ, сапалы билим берип, шараят жаратсақ, буннан да үлкен нәтийжелерге ериседи, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге ойлап табыўшы жасларды тийисли министрликлерге бириктирип, жойбарларын раўажландырыў бойынша көрсетпе берилди.
Елимизде бундай талантлы ул-қызлар көп. Бул билимлендириў тараўына, әсиресе, STEAM бағдарларына қаратылып атырған итибардың нәтийжеси. Соңғы жыллары математика, физика, химия ҳәм мәлимлеме технологияларына қәнигелескен көплеген мектеплер шөлкемлестирилди.
Жас исбилерменлер шөлкемлестирген 261 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллиард сумнан асқан. Стартапларды қаржыландырыўға 145 миллион доллар венчур инвестиция киргизилген.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Халықаралық конгресс орайында 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен өткерилген ушырасыўда шығып сөйледи. Өзбекстан жасларын усы қутлы әййям менен қутлықлап, оларға меҳир ҳәм исенимин билдирди.
Мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған шараятлар анық нәтийжелер берип атырғаны атап өтилди. Өткен жылы елимиз жаслары ТОП-500 лик жоқары оқыў орынларына кириў бойынша Орайлық Азияда биринши орынды ийеледи. Бүгинги күнде 30 жигит-қыз дүньядағы ТОП-10, 500 и ТОП-100 ҳәм 1 мың 500 и ТОП-300 ден орын алған абырайлы университетлерде билим алмақта.
Ўатанласларымыз көркем өнер, спорт тараўларында да үлкен табысларға ериспекте. Жақында футбол бойынша миллий сайланды командамыз тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.
– Биринши ҳәм екинши Ренессансты уллы улама ҳәм ойшылларымыз жаратқан болса, бүгин тарийх гезекти сизлерге бермекте. Сизлер барлық тараўларда мәмлекетимиз байрағын бәлент көтериўге уқыплы екениңизге исенемен. Сизлер – Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери сыпатында жаңа тарийх жарататуғын алтын әўладсыз, – деп атап өтти Президент.
Жасларға сапалы тәлим-тәрбия бериў, шет тиллерин үйретиў, кәсип ийелеп, турмыста мүнәсип орын табыўына жәрдемлесиў – мәмлекетимиздиң тийкарғы ўазыйпасына айланған. Онда заман талабынан келип шығып, зәрүр шараятлар жаратылмақта.
Соның ишинде, “Бир миллион программист” жойбары шеңберинде 325 мың жас оқытылған. Өткен жылы 150 мыңнан аслам жигит-қыз халықаралық тил сертификатларын алған, бул – 2023-жылға салыстырғанда 2 есеге көп.
Быйыл 35 миллиард долларлық 8 мың 300 жойбар арқалы 292 мың жумыс орны жаратылмақта. Және 500 мың жумыс орнын жарататуғын 83 миллиард долларлық жойбарлар режелестирилген. Нәтийжеде “жасыл” экономика, санаат, энергетика, геология, инженерлик ҳәм басқа да тараўларда мыңлаған қәнигелерге талап пайда болады.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы жасларға имканиятларды кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли басламаларды билдирди.
Атап айтқанда, Президентимиздиң пәрманы менен Беруний атындағы халықаралық мектеп шөлкемлестирилди. Оған 8-класс питкериўшилери арасынан 60 оқыўшы сайлап алынып, 3 бағдарда тереңлестирип оқытылады.
Миллий бағдарлама тийкарында ҳәр жылы ең потенциаллы 3 мың оқыўшы таңлап алынып, Гарвард, Йель, Колумбия, Корнель сыяқлы дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына таярланады. Соннан кеминде 300 и жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлери болады.
Абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларына кирип атырған барлық жаслар да 100 процентлик грант алыў имканиятына ийе емес. Соның ушын енди “Эл-юрт умиди” қоры тәрепинен ТОП-300 лик жоқары оқыў орнына киргенлердиң оқыў ҳәм жасаў қәрежетин қаплаў системасы жаңа тәртипте ислей баслайды.
Бәринен бурын, илим, технология, инженерлик ҳәм математика, энергетика, транспорт, урбанизация, архитектура, қурылыс, аўыл ҳәм суў хожалығы сыяқлы драйвер тараўлар ушын квоталар арттырылмақта. Енди банклер ТОП-300 лик жоқары оқыў орнына кирген жасларға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген кредит береди.
Жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша банк-қаржы, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм энергетика тийкарғы бағдар сыпатында белгиленип, 100 жойбар әмелге асырылады. Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте “Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери” бағдарламасы иске қосылады.

Массачусетс технология институтының жасалма интеллект билимлендириў бағдарламасы тийкарында информатика оқыў бағдарламалары жаңаланады. Ўәлаятлардағы информатика муғаллимлери Жаңа Өзбекстан университетинде усы бағдарламаға оқытылады.
“Санлы әўлад қызлары” таңлаўында билимлендириў, жасалма интеллект, “жасыл” экономика, климат өзгериўи сыяқлы тараўларда 7 мың оқыўшы ҳәм студенттиң 120 стартап жойбары таңлап алынды. Усы жылы бул жойбарға кеминде 50 мың қызлар қамтып алынады.
Стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша система жаратылып, оларды қаржыландырыўға 145 миллион доллар венчур инвестиция киргизилди. Енди бул қаржы 1 миллиард долларға жеткериледи. Мектеплерде оқыўшылар ушын “Шеберлик ҳәм бизнес сааты” енгизилип, олардың идеясын стартапқа айландырыўға 100 миллиард сум грант қаратылады.
Жоқары оқыў орынлары арасында да стартаплар бойынша ҳәр жылы “Ең жақсы креатив идея” таңлаўы өткерилип, жеңимпазларға жоқары оқыў орны қорынан 300 миллион сумға шекем грант бериледи.
Стартапты прототиплестириў ҳәм сынақтан өткериў ушын Инновация агентлиги ҳәм IT-парк изертлеў ҳәм раўажланыў орайын ашады. Онда, ең жақсы жойбарлар бойынша прототип жаратыў қәрежетиниң 50 мың долларға шекемги бөлеги Жаслар венчур қорынан қапланады.
Енди санаат, сервис, исбилерменлик ҳәм аўыл хожалығында бәнт жаслардың кәсиплик раўажланыўы бойынша да система жаратылады. Ҳәр бир кәсип бағдары бойынша жаслар арасында республикалық жарыслар өткериледи. Онда мәмлекетлик кәрханалар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери теңдей қатнасады.

Тармақ басшылары ҳәр жылы өз системасындағы 100 жасты селекциялап, сырт елге стажировкаға жибериўди жолға қояды. Буның ушын, ҳәр бир тармақ 10 миллиард сумнан ажыратады.
Бизге белгили, мектеп питкериўшилери ҳәм студентлердиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша еки бағдарлама қабыл етилген. Усы мақсетте “Алоқабанк” ҳәм Миллий банкке 300 миллион доллар ажыратылған. Олар “Жаслар бизнеси” бағдарламасы шеңберинде 100 мың жасты, “Келешекке қәдем” арқалы 140 мың жоқары оқыў орны питкериўшисин дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеўге жуўапкер болады.
Бәнтлик министрлиги, Саўда-санаат палатасы Миллий банк пенен бирге жылдың ақырына шекем жоқары оқыў орны, техникум, кәсиплик билимлендириў питкериўшилерин жумыс бериўшилер менен байланыстыратуғын платформаны иске қосады. “Ҳәрекетте дәрамат” электрон системасы жаратылып, дем алыстағы 3 миллион жас маманлық талап етпейтуғын жумысларға тартылады.
Кейинги жети жылда басқарыў кадрларының қурамы әдеўир жасарып, 40 жасқа шекемги басшылардың үлеси 37 проценттен 65 процентке артты. Өткен айда перспективалы кадрлар таярлаў ҳәм оларды мәмлекетлик басқарыўға тартыў бойынша Президент пәрманына қол қойылды.
Енди Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында “Келешек лидерлери” бағдарламасы бойынша ҳәр жылы 100 потенциаллы жас оқытылады. Олар министр ҳәм ҳәкимлерге бириктирилип, тәжирийбе арттырады, сырт елге стажировкаға жибериледи. Бағдарламаны тамамлаған жаслар басшылық лаўазымларына тийкарғы талабан болады.
Жаслардың тәлим-тәрбиясында китапқумарлық, көркем өнер ҳәм мәденияттың әҳмийети үлкен. Соның ушын бул бағдардағы таңлаўларда жеңимпаз болғанлар шетки аймақлардағы мектеплерге барып, шығып сөйлейди. Буның ушын ўәлаят ҳәкимлери биреўден автобус алып береди.

Республикалық таңлаў жеңимпазларына мәденият ҳәм көркем өнер жоқары оқыў орынларына кириўде жеңиллик бериледи. “Иқтидор” мектеп ансамбли таңлаўының ўәлаят басқышының жеңимпазлары Балалар ҳәм музыка көркем өнери мектеплеринде бийпул оқытылады.
Жас әўладта ўатансүйиўшиликти күшейтиў, ҳәр қыйлы зыянлы тәсирлерден сақлаў мәселеси де әҳмийетли. Пайтахтымыздағы “Жеңис парки”нде ашылған “Миллет пидайылары” монументинен де мақсет сол. Онда елимиздиң тынышлығы жолында әзиз жанын пидә еткен 196 мәрт әскерлеримиз, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң атлары мөрленген. Бул қутлы жерди зыярат еткен жасларда Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезими және де жоқарылайтуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиздиң жасларға байланыслы сиясатын халықаралық жәмийетшилик те кеңнен тән алмақта. Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми “Жаслар – 2030” стратегиясын жедел әмелге асырып атырған 10 мәмлекет қатарына кирди. Жаслар раўажланыў индексинде мәмлекетимиз бул бағдарда ең тез пәтлер менен раўажланып атырған мәмлекет, деп табылды.
Бухара қаласы – Түркий дүнья жасларының пайтахты, Ташкент қаласы – Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы жасларының пайтахты статусын алды.
Усы күнлерде елимизде Глобал жаслар фестивалы болып өтпекте. Бул форум тек ғана мәмлекетимиз емес, ал пүткил дүнья жаслары ушын нәтийжели бирге ислесиў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў майданы болатуғыны атап өтилди.
Президентимиз жаслардың билим ҳәм қәбилетин атап өтип, олар менен мақтанатуғынын атап өтти.
– Сизлердиң ҳәр бир жетискенлигиңиз – пүткил халқымыздың жетискенлиги. Сизлердиң күш-ғайратыңыз, саламат дүньяқарасыңыз, бахыт-ығбалыңыз – миллионлаған ата-аналар, устаз-тәрбияшылар, жақынларыңыздың да бахыт-ығбалы, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 28-июньдеги пәрман ҳәм қарарына муўапық, жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў мақсетинде бир топар алдыңғы жигит-қызлар “Келажак бунёдкори” медалы ҳәм “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланған еди.
Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында мине, усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында жигит-қызларды Жаслар күни менен қутлықлады. Балаларды жоқары дәрежеде оқытыў, сырт ел университетлерине таярлаў, жаслардың стартап ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойды. Ушырасыўда жаслар менен ашық пикирлесиў болды.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев жасларға мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.
– Жаслықтағы ҳәрекет бул – келешектеги жетискенлик дегени. Жаслықта арттырылған дос – өмирлик бирге ислесиўши, таяныш ҳәм сүйениш дегени. Ҳеш қашан умытпаң, перзентлери билимли, саламат, мәрт ҳәм батыр, бәрқулла алға умтылып жасайтуғын халықтың ҳәм мәмлекеттиң келешеги әлбетте, жарқын болады. Мен пүткил Өзбекстан жаслары мине, усындай пазыйлетлердиң ийеси болыўын тилеймен, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сыйлықланғанлар мәмлекетимиз тәрепинен жасларға жаратылып атырған имканиятлар ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди, келешекте және де үлкен нәтийжелерге ерисип, халқымыздың исенимин ақлайтуғынын атап өтти.
Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, зыялылар, ата-аналар қатнасты.
ӨзА