Қанлыкөл районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қанлыкөл районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм басқада жумыслардың орынланыўы мәселелери қарап шығылды.
Мәжилисте мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, автомобиль жоллары бойларын тәртипке келтириў ҳәм абаданластырыў, жасыл энергия қурылмаларын орнатыў, мәҳәллелерди абат етиў, арнаўлы қарарлар бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм басқа да мәселелер сын көз-қараста көрип шығылды. 
Атап айтқанда, ишки жолларды оңлаў, аўыр мәҳәллелерди абаданластырыў, қурылыс тараўы, кәмбағаллық реестрине киргизилген шаңарақлар менен ислесиў, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, жаслар ҳәм жумыссыз пуқаралар ушын ажыратылған жер майданларында егис жумысларын шөлкемлестириў сыяқлы бир қатар мәселелерде кемшиликлерге жол қойылмақта. Мәжилисте усы сыяқлы машқалалар, жол қойылған кемшиликлер көрсетип берилди.
Өткерилген мәжилис даўамында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди ҳәм өз ўазыйпасын орынлаўға немқурайдылық пенен қарап атырған басшыларға интизамий жаза шарасын қоллаў ҳәм зәрүр болса лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.