Қарақалпақстанда ғәлле режеси орынланды!
242
Дийқан ҳәм фермерлер белгиленген 119 628 тонна орнына - 119 639 тонна ғәлле тапсырыўға еристи.
Бул жетискенлик - Президентимиздиң басшылығында аўыл хожалығын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған мәмлекетлик сиясаттың әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Мийнеткеш жер ийелери, агрономлар ҳәм барлық тараў хызметкерлери өз ўазыйпасына шын кеўилден қатнас жасап, жоқары жуўапкершилик үлгисин көрсетти.
Ҳәзирги ўақытта зүрәәтти қабыллаў, сайлап алыў ҳәм сақлаў жумыслары белгиленген тәртипте даўам етпекте.