Нөкис районында киши ГЭСлер иске түсирилди
Нөкис районында қайта тиклениўши энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыў, аймақты сапалы электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжеси сыпатында еки киши гидроэлектрстанция (ГЭС) қурылып пайдаланыўға тапсырылды.
Атап айтқанда, "Ақтерек" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Бозатаў каналының ағысынан пайдаланған ҳалда қуўатлылығы 15 киловатт болған киши ГЭС қурылды.
Сондай-ақ, "Кердер" аўыл пуқаралар жыйынына қараслы "Қызыл үй" аўылындағы Төрткүл каналының суў ресурслары тийкарында саатына 30 киловатт электр энергиясын ислеп шығаратуғын киши ГЭСте иске қосылды.
Бул халықты ҳәм әтираптағы социаллық объектлерди үзликсиз ҳәм турақлы электр тәмийнаты менен тәмийинлеўге хызмет етеди. Соның менен бирге, экологиялық таза ҳәм экономикалық нәтийжели энергия дереги сыпатында үлкен әҳмийетке ийе.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм тараў басшылары қатнасты.
Илаж даўамында киши ГЭСлердиң техникалық имканиятлары, ислеў механизми ҳәм олар арқалы үнемленетуғын қаржылар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.