Шоманай районындағы мәҳәллелерде пуқаралар турмысын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар көзден өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районында болып, пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў, қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, «Қарабайлы» МПЖда жаслар менен ушырасыў өткерилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бағдарында ажыратылған жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў керек екенлиги, буның ушын барлық жәрдемлер берилетуғынлығы атап өтилди.

Буннан соң, «Бирлешик» АПЖ аймағында балықшылық жөнелиси менен шуғылланыўшы Жумабаева Айнураның жойбары, «Мамый» АПЖдағы Абаданластырыў басқармасының питомниги, «Моншақлы» МПЖдағы Салиева Серегүлдиң қыйтақ жери көзден өткерилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Ақжап» АПЖдағы көше бийлери менен де ушырасты. Олардың көтерген пикир-усынысларын тыңлады. Алдынғы ушырасыўларда билдирилген машқалалардың көпшилиги өз шешимин таўып атырғанлығы ҳәм ҳеш бир мәселе итибардан шетте қалмайтуғынлығы атап өтилди. Өз нәўбетинде, көше бийлери халықтың машқалаларын шешиўде басшылық етип атырған ҳүрметли Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.

«Моншақлы» МПЖ аймағындағы «LIANTAI KC LICORICE» ЖШЖниң инвестиция жойбары, «Наубетова Алтынай» жеке кәрханасының жумыслары барып көрилди. Ҳәр қандай исбилерменлик басламасы қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.
Буннан соң аралықтан хызмет көрсетиўши BPO орайы ҳәм районлық медицина бирлеспесиндеги санластырыў жумыслары көзден өткерилди.



