Жағдайға қарап, оқыў жүклемелерин ҳәм бағдарламаларды қайта көрип шығыў, жоқары оқыў орынларында әмелий көнликпелерди раўажландырыўға итибарды күшейтиў керек екенлиги атап өтилди.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясына жоқары билимлендириў мәкемелерине реже ҳәм бағдарламаларды жумыс бериўшилердиң талабынан келип шығып еркин тастыйықлаў ўәкиллигин бериў бойынша ўазыйпалар жүкленди. Бағдарламалардың белгиленген талапларға сәйкеслигин қадағалаў механизми де ислеп шығылады.
Зеригерли лекциялар оқыў, конспектлер жаздырыў сыяқлы өзин ақламаған усыллардан ўаз кешип, билимлендириў методикасын раўажландырыў ҳәм педагоглардың дәрежесин арттырыў оғада әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен Халық билимлендириў ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлерине басқышпа-басқыш аралықтан турып педагоглардың маманлығын арттырыў, сабақлық шынығыўларды аралықтан бақлаў, баҳалаўда инсан факторын азайтыў бойынша жумысларды әмелге асырыў тапсырылды.
Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм оларды кәсипке бағдарлаў системасын жетилистириў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды. Лицейдиң мектептен үлкен парқы болыўы керек екенлиги есапқа алынып, олардың жумысын қайта көрип шығыў, селекция жумысларын күшейтиў мақсетинде билимлендириў процесслерин жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Сондай-ақ, жаңа система тийкарында шөлкемлестирилетуғын кәсип-өнер мектеплери, колледж ҳәм техникумларды иске қосыў ўазыйпалары анық белгилеп берилген еди. Бул бағдарда ески колледж системасының қәтелери қайталанбаўы зәрүр. Сол себепли, ҳәр бир ўәлаятта биреўден үлги кәсип-өнер мектеплери, колледж ҳәм техникумды таярлаў ўазыйпасы белгиленди.
Жуўапкерлер тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған режелер бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА