Шоманай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районында республикалық мәкеме-шөлкемлер, район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.
Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалар бойынша ис-илажлар бағдарламасының орынланыўы мәселелери қарап шығылды.

Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген болып, машқалаларды шешиў мақсетинде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен барлық мүмкиншиликлер жаратып берилген, қаржылық дереклери де шешип берилген.
Өткерилген мәжилис даўамында тез пурсатта ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди ҳәм өз ўазыйпасын орынлаўға немқурайдылық пенен қарап атырған басшылар қатаң ескертилди.
