"Жаңадәрья" аўылында жаңа спорт зал бой тикледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги "2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-454-санлы қарарына тийкар, Тахтакөпир районында социаллық тараў инфраструктурасын беккемлеў бойынша бир қатар әмелий жумыслар баслап жиберилген.
Атап айтқанда, райондағы «Жаңадәрья» АПЖ аймағындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектеби жанында 2,141 млдр.сум қаржы тийкарында заманагөй, барлық талап ҳәм нормаларға жуўап беретуғын 12х24 өлшемдеги жабық спорт зал қурыў жумыслары алып барылмақта.
Спорт залдың пайдаланыўға тапсырылыўы мектеп оқыўшылары ушын дене тәрбиясы шынығыўларын жоқары сапада өткериў, спорт дөгереклериниң жумысын кеңейтиў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге хызмет етеди.