Хожели районында пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бойынша жумыслар көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районында халыктың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, «Сайхунабат» тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестирилген жумыслар, атап айтқанда, «Бағман» МПЖдағы гүлшилик пенен шуғылланып атырған Аметов Даўран, қыйтақ жеринде ыссыханадан өним алыў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша жумыс алып барып атырған Сапарниязов Жиенбай, «Саманкөл» МПЖдағы қара малшылық пенен шуғылланып атырған Өтемуратов Зафар, «Шағалакөл»деги Нурымбетов Қуўаныштың шаңарақларына барып көрилди. Жумыслар көзден өткерилип, бундай тәжирийбелерди еле де кеңнен ен жайдырыў керек екенлиги атап өтилди. 
Буннан соң Жәҳән банкиниң 135,6 мың доллар грант қаржылары тийкарында шөлкемлестирилген қарамалларды жасалма көбейтиўдиң заманагөй усылы – «Ин витро» технологиясы бойынша жумыс баслаған лаборатория жумыслары үйренилди. 
Райондағы исбилерменлик субъектлери жумыслары да көзден өткерилди. Атап айтқанда, «DO`STLAR SHOES XO`JAYLI» ЖШЖниң былғары аяқ кийим ислеп шығарыў, «INOSTAL» ЖШЖниң темир өнимлерин ислеп шығарыў, «EXIMCORP» ЖШЖниң боян тамырды қайта ислеўди кеңейтиў, «“FARMS GAFUR GULOM» ЖШЖниң сүтти қайта ислеў жойбарлары, «LIDERTEKS GROUP» ЖШЖ ҳәм «Уразимбетов Рахат» шаңарақлық кәрханасы жумыслары көрип шығылды. Исбилерменлердиң өз жумысын еле де кеңейтиўи ушын Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша өз алдына берилген жеңилликлерден толық пайдаланылыўына барлық жәрдемлерди бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайында жаңадан ашылып атырған «Жаслар орайы» имаратында жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты. Бул орын Хожели жасларын өзинде жәмлейтуғын, олардың барлық қәбилетин жүзеге шығарыўға жәрдем беретуғын әҳмийетли орынға айланыўы керек екенлиги атап өтилди.
«Кулаб» АПЖ аймағындағы Маткаримова Айшаның қыйтақ жеринде шөлкемлестирилген жумыслар, «Мустақыллық» АПЖдағы Курегенов Алпамыс фермер хожалығының шарўа комлпекси барып көрилди. Бундай жойбарлар санын еле де көбейтиў керек екенлиги атап өтилди. 
Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмаларды берди.




