Хожели районын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар ҳәм әмелге асырылыўы тийис илажлардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.
Онда республикалық мәкеме, шөлкем ҳәм тийисли министрликлер, район жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Мәжилисте дәслеп, мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, жаңа кәрханалар жумысларын шөлкемлестириў, көп қабатлы үйлерди қурыў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў барысында ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.
Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды ен жайдырыў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, кәрханалар жумысларына жақыннан жәрдем бериў, банк хызметлерин ҳәм базар инфраструктурасын жақсылаў бойынша да тапсырмалардың нәтийжелери сөз етилди.

Онда сондай-ақ, бул жумысларды әмелге асырыўда барлық шараятлар жаратып берилгени, белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда қаржылық дереклер, барлық ресурслар иске салынғаны атап өтилип, усыншама имканият жаратылыўына қарамастан, айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарап атырғаны сынға алынды.
Мәжилис даўамында кемшиликлер атап өтилип, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым басшыларға интизамий жаза-шарасын қоллаў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
