Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ бесинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
Усы жылдың 12-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ бесинши сессиясы болып өтти. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылды.
Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Алишер Атажанов баянат жасады.
Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығының орынбасары Жалғасбай Бердиханов баянат жасады.
Атап өтиў орынлы, мәмлекетимизде энергия турақлылығын тәмийинлеў, қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды еңгизиў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў бағдарында исенимли қәдемлер тасланды ҳәм салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Бул бағдарда үлкен потенциалға ийе болған Қарақалпақстан ушын электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша үлкен мақсетли режелер белгилеп алынған.
Бул нәтийжелерге ерисиўде ең дәслеп, тараўдың ҳуқықый тийкарын жетилистириў талап етилиўи оғада әҳмийетли болып, усы мақсетте «Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы ислеп шығылды.
Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, сырт ел компанияларының дәрилерин тийкарсыз буйырыў жағдайларына шек қойыў, тараўда бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине жиберилген Парламентлик сораўының нәтийжеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Денсаўықты сақлаў министрлиги М.Қурбанов шығып сөйледи.
Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Күн тәртибинде «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине парламентлик сораў жибериў туўралы кейинги мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитети баслығы Бердибек Сейтназаров баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылып, қарар қабыл етилди.
Буннан соң күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети тәрепинен исленип атырған жумыслар ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы М.Атамуратовтың мәлимлемеси тыңланды.
Бул мәселеде толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан-2030” стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы кейинги мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Владимир Жоллыбеков баянат жасады.
Республикамызда исбилерменлик жумысларын еледе раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, экспортты қоллап-қуўатлаў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў арқалы жаңадан ислеп шығарыў қуўатлықларын ҳәмде халқымыз ушын жаңадан жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының басқа аймақларында енгизилмеген имканият ҳәм жеңилликлер жаратып берилди. Усы тийкарда 2025-жылдың өткен 6 айы даўамында бир қатар унамлы жумыслар алып барылыўы нәтийжесинде жоқары жетискенликлерге ерисилди.
Сондай-ақ, «Өзбекстан – 2030» стратегиясына муўапық, 2030-жылға шекем сырт ел инвестиция ҳәм кредитлерин өзлестириў, экспорт прогноз көрсеткишлери ҳәмде ири инвестициялық жойбарларды иске түсириў көрсеткишлерин жақсылаўда ҳәр жылы басқышпа-басқыш жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде реже ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынғанлығы атап өтилди.
Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жасларды дене тәрбия ҳәм спортқа қамтып алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Спорт министри Еркинбай Қутыбаев баянат жасады.
Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге, халықтың, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыўға, сондай-ақ, дене тәрбия ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2025-жыл 13-февраль күни олимпия ҳәм паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар бул бағдардағы ийгиликли ислерди жаңа басқышларға көтермекте.
Сессияда белгилеп алынған ўазыйпалар, берилген тапсырмалар тийкарында республикамызда бир қатар илажларлар әмелге асырылып, бул бағдардағы жумыслар еле де даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди.
Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе қарап шығылып, бул бойынша депутатлар қарар қабыл етти.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе аўыл хожалығында суў ресурсларынан мақсетли пайдаланыў, суў ысырапкершилигин кемейтиў ҳәм суўды үнемлеўге қаратылған илажлардың орынланыў барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Суў хожалығы министри Бахтияр Юсупов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тарепинен қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары ҳәм де оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў туўралы мәселе қарап шығылды.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен тек ғана Қарақалпақстан ушын 119-санлы арнаўлы Пәрман қабыл етилип усы тийкарда, қала ҳәм районлардағы жәми 27 мың 590 кадастр ҳүжжети болмаған турақ жайларға ийелик етиў ҳуқуқы берилди ҳәм кадастр паспортлары ислеп шығылып, мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Бул ийгиликли жумыслар еле де даўам еттирилип, «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәмде оларда қурылған имаратлар ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамы қабыл етилди.
Сессияда усы нызам басшылыққа алынып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және де оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 266 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.
Буннан соң депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.