Қарақалпақстан делегациясы қурылыс тараўындағы жойбарлар бойынша Қытай мәмлекети компаниясы менен сөйлесиўлер алып барды
Қурылыс тараўындағы инвестициялық жойбарларды додалаў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў бойынша Қарақалпақстан делегациясы Қытай Халық Республикасына хызмет сапары менен барды.
Сапар даўамында Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы И.Сдиков «Chine MCC Group Co., Ltd» компаниясы вице-президенти Чжу Гуанся менен ушырасыў өткерди.
Онда компания ўәкиллери менен Хожели районы аймағынан өтиўши Нөкис-Қоңырат автомагистраль жол бойындағы 152 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы»н шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Атап өтиў орынлы, бул ири жойбар ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген 129-санлы пәрманы тийкарында әмелге асырылып атырған болып, жойбары шеңберинде улыўма 5 ҳәм 7 қабатлы 30 дан аслам турақ-жайлар, 160 тан аслам еки қабатлы үлгили жайлар, админстративлик имаратлар, социаллық объектлер, комплекс IT-парк, хызмет көрсетиў объектлери, санаат ҳәм ислеп шығарыў орынлары қурылады.
Буннан соң делегация ағзалары «Chine MCC Group Co., Ltd» компаниясы тәрепинен алып барылып атырған ири жойбарлар менен танысты.